%0 Journal Article %A А.Ж, Матжанова %D 2025 %F arxiv:4850 %I Conferences %J Conferences; Vol. 1 No. 8 (2025): QARAQALPAQSTAN GUMANITAR ILIMLERINIŃ AKTUAL MASELELERI Respublikalıq ilimiy-ámeliy konferenciya; 222-223 %T ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНДЕ СЫПАЙЫЛЫҚТЫҢ ЖАН АФФИКСОИДЫ АРҚАЛЫ БИЛДИРИЛИЎИ %U https://arxiv.academicsbook.com/id/eprint/4850/ %X Бул аффиксоид ҳаслында парсы тилинен жан (душа) сӛзинен келип шыққан. [2:72] Ҳәзирги қарақалпақ тилинде жан сӛзи тӛрт түрли мәниде қолланылады: 1. Бӛлек сӛз сыпатында контекстте адам, киси (шаңарағымызда жети жанбыз); жүрек, кеўил мәнисинде (жаннан сүйиў); қорқыў, ашыўланыў (жаны шығып кетти). 2. Сӛз жасаўда (жана-жан) 3. Рәўиш сӛз сыпатында (қасы, жаны); 4. Форма жасаўшы аффикс сыпатында. Бундай жағдайларда атлықларға, субстантивлескен ҳәм гейде субстантив емес келбетликлерге қосылып, атлықлардың киширейтиў-еркелетиў ҳәм ҳүрмет формаларын жасайды