%J Konferensiyalar | Conferences; Vol. 1 No. 2 (2023): GLOBALLASÍW SHÁRAYATÍNDA FILOLOGIYANÍŃ AKTUAL MÁSELELERI” atamasındaǵı Respublikalıq ilimiy-ámeliy konferenciya; 4-6 %L arxiv12712 %T ТИЛЛЕРДИ ҮЙРЕНИЎДЕ БИЛИМЛЕНДИРИЎДЕГИ МАШҚАЛАЛАР %I “CENTER FOR ADVANCED STUDIES” LLC %A Пирниязова А.К. %D 2023 %X Ҳәзирги түркий туўыслас 25 тил қатарындағы, тарийхы әййемнен басланатуғын қарақалпақ тилиниң 1989-жылы 1-декабрьде мәмлекетлик тил статусын алыўы халықтың жәмийетлик-сиясий, мәдений турмысында және де кеңирек ҳәм әҳмийетлирек орын алды. Елимиздиң ғәрезсизликке ерисиўи, мәмлекетлик тиллердиң Конституцияда нызамлы бекитилиўи менен қарақалпақ тили жазба ҳәм аўызеки формада кең қолланыла баслады. Тилди пухта ҳәм жетик билиў зәрүрлиги туўылды. Тил арқалы миллеттиң менталитети сәўлеленетуғыны дәлиллеў талап етпейтуғын ҳақыйқатлық.