%0 Journal Article %A Махсетбаевич, Давлетияров Мадатбай %D 2023 %F arxiv:12676 %I “CENTER FOR ADVANCED STUDIES” LLC %J Konferensiyalar | Conferences; Vol. 1 No. 3 (2023): «QUBLA ARAL BOYI ARXEOLOGIYASI, ETNOGRAFIYASI, DEREKTANIWI, TARIYXNAMASI HÁM TARIYXINIŃ AKTUAL MÁSELELERI» ATAMASINDA XALIQ ARALIQ ILIMIY-TEORIYALIQ KONFERENCIYA MATERIYALLARI; 112-114 %K мағлыўматлар; Волга; Урал; Днепр; Дон; дарьялар %T ПЕЧЕНЕГ ҲӘМ ҚЫПШАҚЛАР АРАСЫНДАҒЫ ҚАТНАСЫҚЛАР МӘСЕЛЕСИ %U https://arxiv.academicsbook.com/id/eprint/12676/ %X Печенеглер бойынша көпшилик мағлыўматлар олардың Волга, Урал, Днепр, Дон дарьялары бойындағы, яғный шығыс Европадағы тарийхы менен байланыслы. Себеби печенеглердиң Киев русы, Византия империясы ҳәм шығыс Европадағы басқа халықларға қәўип салып турған дәўирдеги тарийхы бойынша көп жазба дереклер сақланған. IX әсир орталарында бирлескен огуз, кимак, карлуклардың топылысынан кейин печенеглер Арал бойларынан батысқа қарай көшип кеткенлиги, бирақ бир бөлеги шығыс Арал бойларында, бурынғы жасап атырған жеринде қалған. Маркварт ал-Масудидиң айтыўларына тийкарланып баджанак, баджна, баджагард ҳәм нукарда болған төрт қәўим ҳәмде бирлескен огуз, карлук, кимаклар арасында Джуржания көли (Арал теңизи)не жақын жерде үлкен урыс болғанлығын айтады (Кляшторный, 1989, 212 бет).